Мойнақлылар тәбийий ресурсты үнемлеўши ҳәм қәрежетти тежейтуғын ысытыў үскенелеринен пайдаланады
Автор: Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Загружено: 2024-08-07
Просмотров: 477
Заманагөй, үнемлеўши ысытыў үскенелериниң ислеўи ҳәм оның нәтийжелигин түсиндириў, соның менен бирге гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде исши топар ағзалары қатнасында жумыслар баслап жиберилди. Атап өтиў орынлы, энергия ресурсларынан пайдаланыў бүгинниң ең әҳмийетли мәселелериниң бири. Ал, буларды сарплаўда үнемлеўши ҳәм заманагөй үскенелерди пайдаланыў арқалы тәбийий ресурсларды тежеўге ерисемиз. Мысалы, қолбала усылында таярланған ески гарелка орнына тәбийий газ ресурсын үнемлеўши ҳәзирги заманагөй үскенеге алмастырыў арқалы гүз-қыс мәўсиминде хожалық үйлеринде 888 894 метр мың куб метр тәбийий газдың тежелиўи режелестирилип атыр. Бундай үнемлеўши үскенелер ең дәслеп районымыздағы хожалықлардың кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж қатламына биринши нәўбетте бийпул орнатып бериледи.
muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Доступные форматы для скачивания:
Скачать видео mp4
-
Информация по загрузке: