Бүгин Алишер Байниязов "Ҳайрана" қалдырды
Автор: НУКУС ONLINE
Загружено: 2024-05-04
Просмотров: 5167
Буннан алдын Әжинияз Хожамбергенов пенен "Бир кесе шай ишкен" болсақ , бүгин Алишер Байниязов "Ҳайрана" қалдырды
Нөкис қаласындағы 29-санлы улыўма билимлендириў мектебиниң 4-8-класс оқыўшылары болған Дурдана ҳәм Қырмызы Хажиевалардан жасларымыз үлги алса арзыйды. Себепсиз сабақларды қалдырмай, пәнлерден "5" ке оқыйды. Соның менен мәҳәлледе ҳәм мектепте өткерилетуғын илажларға, шембиликлерге кеўилли қатнасады.
Марапат пенен алғыс сөзди еситкен оқыўшылар, елге пайдалы болыўға, жақсылық ислеўге асығып турады.
Ким жақсы сөзди, итибарды қәлемейди дейсең?
Ўақтында берилген хошамет,көпшиликти жигерлендиреди.
Қаламыздағы исбилерменлик орынлардан болған "Oil Time" ЖШЖ қәўендерлигинде олардың шаңарағына азық-аўқат өнимлери ҳәм қызығыўшылықларына қарап, түбекли гүллер алып бериледи.
Олар А.Байниязовтың қосықларын тыңлап, гүллер өсириўди ҳәм қыйтақ жерлерге тереклер егиўди жақсы көреди.
А.Байниязов қызлардың мектеп жәмәәтинде мийманда болып, оқыўшыларға концерт бағдарламасын усынды.
https://t.me/nukuspress
Доступные форматы для скачивания:
Скачать видео mp4
-
Информация по загрузке: