Даруишана Калай болыу керек? (Баршемизге улги болсын).
Автор: Miyrimli qollar | Мийримли коллар
Загружено: 2021-12-18
Просмотров: 45614
ДӘРИЎШАНА қалай пайда болған?..
Ертелеўде ашлық дәўирлери болып сол ўақытлары жетим менен жесирлер жүдә көп болған. Сол күнлердиң биринде бир бай- дәўлетли әжемиз болыпты. Оның перзенти жоқ, ғаррысы қайтыс болып қалады. Сонда ол садақа деп дүнья - малын жетим-жесирлерге тарқатып бере баслайды.
Дүньясы таўсылғаннан кейин өз үйинде сатып көшеде жүрген жетимлерге тарқатып олардың тамағын тойдырып саўап алған. Соң өзи дәрўиш болып гезип ағайинлериниң үйлеринде жүрип жан тапсырған. Соннан Дәрўиш Ана аталып ел арасына жайылып кеткен.
Оннан кейин халық жыйналып бизде Дәрўиш анадай саўап ислейик деп аз-аздан ақша жыйнап ел аралап жүрген жетим-жесирлерге аўқат берген, солардың пәтиясын алған. Бирақ сол дәўирлерде жетимлер жүдә көп болған. Тамағы аш, үйсиз жайсыз қыйналып жүрген.
Енди ҳәзирги күнге келип көше аралап аш болып қыйналып жүрген жетим менен жесирлер жоқ. Бирақ адамлар көше болып жыйналып ақша жыйнап аўқат писирип өзлери жеп отырып қайтады. Негизи садақаны зәрүр мүтәж адамға бериў керек.
Өзлери ақша шығарып өзлери жеген Дәриўшана болмайды ол тек бир отырыспақ есабында кетеди. Тамағы тойып уўайымы жоқ адамға берген садақаң қабыл болмас.
Егер жүдә ақша жыйнап дәриўшана бергиң келсе, жыйналған ақшаға жолды дүзеўге ямаса жумыссыз кем тәмийинленген шаңараққа берсең әне сол нағыз садақа.
Сол дәриўшана берип жүрген көшелердиң дерлик көпшилигинде жаўын жаўса жүриў мүмкиншилиги жоқ. Өзлериниң баллары қыста оқыўға баралмай батпаққа жығылып қыйналып жүр. Ал биз болсақ дәриўшана деп ақша жыйнап өзимиздиң тамағымызды тойдырып садақа бердик деп қуўанып жүрмиз.
Доступные форматы для скачивания:
Скачать видео mp4
-
Информация по загрузке: