«Қаражар» аўылы тарийхында туңғыш қум щебень араласпалы жол төселди
Автор: Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Загружено: 2024-12-05
Просмотров: 590
Быйылғы жыл да Қаражаршылар турмысында тарийхый ўақыяның жүз бериўи менен жуўмақланып атыр. «Қаражар» аўылы Мойнақ районы орайына 37 км., Бозатаў АПЖ («Қаражар» аўылы жайласқан мәҳәлле) орайына 19 км, үлкен трасса жолына шекем 16 км. аралықта жайласқан.
Ойлы-бийик, жазы борпаң топырақ, қысы қара батпақтан ибарат жоллардан үлкен трасса жолға шығаман дегенше саатлап ўақыт жойытыўға туўры келетуғын еди.«Қаражар» аўылы тарийхында туңғыш қум шебень араласпалы жолдың төселиўи менен аўылға кирип, шығыў аңсатласты.
Соңғы жылларда «Қаражар» аўылы халқы тазаланған ишимлик суўы, түнги жақтыландырыў үскенелери, пиядалар жолы менен тәмийинленип, аймақтағы билимлендириў мәкемесинде оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Аўыл халқы бундай дыққат, итибар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиреди. Енди шетсиз, шексиз, жете алмайтуғындай көринген «Қаражар» аўылына аз минуттың ишинде зымырап барасыз.
muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Доступные форматы для скачивания:
Скачать видео mp4
-
Информация по загрузке: