Байнияз Қайыпназаров - Гулнара қосығы Сәўбет (Cover version by QQbyAI) - Gulnara qosığı
Автор: QQ by AI
Загружено: 2026-01-22
Просмотров: 5165
Қосықты жазған:
Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, шайыр -
Байнияз Қайыпназаров
(Жайлары жәннете болсын)
Музыка стили Шымбайлық Сәубет группасынан алынды. Саў хәм аман жүрсинлер.
Оригинал қосық силтемеси:
• Sawbet - Гулнара
Гулнара
Кел деген жериңе келдим, келмедиң,
Кетип қалсам, узақ күттим дермедиң.
Сени бунша ким егледи билмедим,
Көп күттирмей кел тезирек Гүлнара.
Ядымда кешеги кел деген сөзиң,
Мен билемен келмей қалмайсаң өзиң.
Үмит пенен қарар жолыңа көзим,
Көп күттирмей кел тезирек Гүлнара
Ўәделескен ўақыт баратыр өтип,
Умыттың ба турған достыңды күтип.
Булттан шыққан айдай жүзиң жарқ етип.
Көп күттирмей кел тезирек Гүлнара.
Турсам, кешиккениң жүрегимди жеп,
Кимди күтип турсыз деўшилер де көп.
Айтаман өзимниң күткеним бар деп,
Көп күттирмей кел тезирек Гүлнара.
Доступные форматы для скачивания:
Скачать видео mp4
-
Информация по загрузке: